Дизимнен өтиў    Кириў
Сайтқа кириў


ДҮНЬЯНЫ ДҮЗЕТИЎ
10-01-2017, 04:49 316 0
Бир адам екшемби күни бир ҳәптелик шаршаўын шығарайын деп ерте таңнан қолына газетасын алып күн бойы ҳеш нәрсе ислемей, ҳеш жерге бармай үйде болыўды режелестирди.
ҚАЙЫРҚОМЛЫҚТЫҢ ҮЛКЕН КИШИСИ БОЛМАЙДЫ
10-01-2017, 04:47 371 0
Махатма Ганди жүре баслаған поездға жетип алыў ушын изинен жүгирди. Әмеллеп поездға жеткен ўағында аяғындағы бир тай аяқ кийими жерге түсип кетти. Сол ўақытта Ганди ойланып отырмастан аяқ кийиминиң екинши тайын шешти де, алдыңғы бириншиси түскен тәрепке қарай зыңғытты.
КЕЎИЛ ТУЙҒЫСЫ
5-01-2017, 17:53 507 0
Қәлбимде туўылсаң да, Сен меннен қаша бердиң. Соншама жуўырсам да, Араны аша бердиң.
ӨТКЕН ЖЫЛҒА БИР НӘЗЕР…
4-01-2017, 16:32 281 0
Бизиң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетимиз Өзбекстандағы журналист кадрларды таярлайтуғын санаўлы жоқары оқыў орынларының бири саналады. Отыз жылдан асламырақ ўақыттан берли ҳәр жылы бул дәргайды жигирмадан зыят жаслар питкерип шығып, ғалаба хабар қуралларының түрли тараўларына жол алады.
«ЖАС ЖУРНАЛИСТ -2016» таңлаўы жуўмақланды
28-12-2016, 16:58 395 0
Дүньяда кәсиплер көп, бирақ сондай бир кәсип бар, ол мәмлекеттеги, жәмийеттеги жетискенликлерди, ўақыяларды сәўлелендириў менен бирге, унамсыз қубылысларды сынға алады, барлық жат иллетлерге қарсы гүрес жүргизип, жәмийеттиң саламатласыўына үлесин қосады. Бул журналист кәсиби.
«ГЛОБАЛ ЫҚЛЫМ ӨЗГЕРИЎИ ТЕМАСЫНЫҢ ҒХҚДА СӘЎЛЕЛЕНИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ» ТЕМАСЫНДА СЕМИНАР
23-12-2016, 09:56 459 0
Ертең 24-декабрь күни Журналистлерди қайта таярлаў орайы Канада жергиликли фонды (CFLI) тәрепинен шөлкемлестирилген «Глобал ықлым өзгериўи темасының ғхқда сәўлелениў мәселелери» темасында семинар болып өтеди.
ЖӘМИЙЕТТИҢ ИНФОРМАЦИЯ–ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ
21-12-2016, 04:54 474 0
Бүгинги биз бенен Сиз жасап турған XXI әсир «Информация әсири» «Информациялық технологиялар әсири» деп аталады. Буның себеби, бизге белгили болғанындай-ақ, заманагөй технологиялардың раўажланыўы менен информациялар ағымы тезлести, информациялар саны, көлеми, мазмуны жағынан бурын көрилмеген дәрежеде өсти. Изертлеўлерге қарағанда XXI әсирде жумыс ўақтының ярымынан көби информацияларды сақлаў, қайта ислеў ҳәм тарқатыўға сарыпланады.
Информация гүреси ҳәм ғалаба хабар қураллары
21-12-2016, 04:14 461 0
Бүгинги күнде информация ағымлары ҳәдден тысқары жедел ҳәм кең көлемли. Бир мысал: ақырғы 50 жыл ишинде жәмийетте айланатуғын информация көлеми миллион мәрте көбейди ҳәм күннен-күнге және де асып бармақта. Бул сондай бир үлкен сан оны толық дәрежеде аңлап алыўда қыйын. Соны да айтыў керек, бундай имканиятлар ҳәмме мәмлекетлерге де тән емес. Демек, техникалық жақтан қүдиретли болған мәмлекетлер күшли информация технологияларына ийе.
ВИРТУАЛ ҚАБУЛХОНА ИШГА ТУШИРИЛДИ
17-12-2016, 05:32 481 0
Жисмоний ва юридик шахсларнинг ҳуқуқ ва эркинликларини таъминлаш мақсадида интернет тармоғида http://www.rektor.karsu.uz манзили бўйича Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат университети ректорининг виртуал қабулхонаси ишга туширилди.
«Янги нигоҳ-2016» видеороликлер танлаўы жеңипмазлары анықланды.
17-12-2016, 05:27 549 0
«Янги нигоҳ-2016» видеороликлер танлаўы жеңипмазлары анықланды. Бул танлаўға Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелиги студентлери де өз жумыслары менен қатнасып, жеңимпаз болды.